Усы жылдың 18-19-март күнлери Нөкис қаласында спорттың жүзиў түри бойынша U-15, U-17 жаслар, ересеклер ҳәм ҳаял-қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасы чемпионаты өткерилди.
Бунда 100ден аслам жаслар, ересеклер ҳәм ҳаял-қызлар қатнасты.
Еки күн даўымында спортшылар спорттың жүзиў түри бойынша 50 ҳәм 100 метр еркин, брасс ҳәм шалқасына жүзиў усылларда өз-ара жарысты.
Чемпионат соңында жеңимпаз ийелери Өзбекстан касиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен мүнәсип түрде сыйлықланды.
Жеңимпазларды сыйлықлаў мәресимине Өзбекстан касиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы, Өзбекстан суў спорт Федерациясының Қарақалпақстан бөлими баслығы У.Жалменов қатнасты.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: