Спорт жарыслары өткерилди

14-январь “Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлериниң 31 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни” байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси кеңеси тәрепинен 2023-жыл 21-январь күни ерлер арасында армрестлинг, тас көтериў, баскетбол себетине топ таслаў, дартс командалық спорт жарыслары И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебинде тармақ мәкемелеринде ислеўши хызметкерлер арасында жарыслар өткерилди.

Жарысларға 26 команда жәми 130 хызметкер қатнасты.

Армрестлинг түринен:

1-орын 32-мектеп;

2-орын 12-мектеп;

3-орын И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеби.

Тас көтериў:

1-орын 32-мектеп;

2-орын 12-мектеп;

3-орын 31-мектеп.

Баскетбол себетине топ таслаў:

1-орын И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеби;

2-орын 12-мектеп;

3-орын 31-мектеп.

Дартс:

1-орын 24-мектеп;

2-орын 12-мектеп;

3-орын 17-мектеп.

Командалық есапта:

1-орын 12-мектеп;

2-орын И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеби;

3-орын 32-мектеп.

Жарыс жуўмағында шөлкемлестириўши тәрепинен жеңимпазларға дипломлар ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.