Банк хызметкерлери арасында спорттың киши футбол түри бойынша жарыс өткерилди

Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмет көрсетиў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен Қарақалпақстан Республикасындағы барлық банк хызметкерлери арасында спорттың киши футбол түри бойынша жарыс өткерилди. Жарыста жәми 117 хызметкер қатнасты.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети спорт залында өткерилген жарыстың финал басқышы нәтийжеси бойынша, 1 орынды Орайлық банк Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасы, 2 орынды Хамкорбанк Қарақалпақстан Республикасы филиали, 3 орынды Капитал банк Қарақалпақстан Республикасы филиали хызметкерлери ийеледи.

Соның менен бирге, 4 бағдар бойынша ҳәм ойыншылар анықланды, олардан «Ең жақсы дәрўазабан», «Ең жақсы топ урар», «Ең жақсы ойынша» ҳәм «Ең жақсы қорғаўшы» номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланды.

Жарыста жеңимпаз болған ҳәр бир ойыншы ҳәм қатнасыўшылар Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Сыйлықлаў мәресиминде Мәмлекетлик мәкемелер ҳәм жәмийетлик хызмети хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси баслығы Р.Мадреймов қатнасты.