Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен 2022-жыл 16-18-ноябрь күнлери Мойнақ районы “Ақ кеме” балалар дем алыў ҳәм саўаландырыў орайында “Басланғыш кәсиплик аўқам жумысларын устав талаплары тийкарында шөлкемлестириў” атамасындағы оқыў-семинары шөлкемлестирилди.
Оқыў-семинарда Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Төрткүл, Елликқала ҳәм Беруний районлық бөлимшелери қурамындағы 46 баслағыш кәсиплик аўқамы белсендилери қатнасты.
Оқыў-семинарда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы VIII Қуралтайында қабыл етилген Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы жумыс ҳәрекетиниң 2021-2025 жылларға мөлшерленген стратегиялық жөнелислеринен келип шығып, Федерацияға ағза шөлкемлер басланғыш кәсиплик аўқам шөлкемлери жумысларын жанландырыўға ҳәм нәтийжелигин асырыўға, барлық дәрежедеги кәсиплик аўқамлары кадрларын таярлаў, қайта таярлаў ҳәм квалификациясын асырыў, сондай-ақ, кәсиплик аўқамы жетекшилерин, қәнигелери ҳәм белсендилериниң оқытылыўын жәнеде жетилистириў бойынша комплекслик системаны раўажландырыў, кәсиплик аўқам ҳәм оның кеңеслериниң барлық бағдардағы жумысларын кәсиплик аўқам ағзаларының мәплерин қорғаў ҳәмде мақсетлери ушын жумысларын сапалы, нәтийжели шөлкемлестириў, жаратыў бойынша комплексли ис-илажларды әмелге асырыў, мийнет қатнасықларын раўажландырыўда кәсиплик аўқамлары хызметкерлердиң мийнет тараўында нызам менен қорғалатуғын ҳуқық ҳәм еркинликлерин, мәплерин тәмийинлеў, базар экономикасы дәўиринде кәсиплик аўқамларыдың тийкарғы жумыс бағдарлары бойынша жәмийеттеги тәсирин күшейтиў ең әҳмийетли ўазыйпаларынан болып табылады.
Усы ўазыйпаларды әмелге асырыўда, кәсиплик аўқам жетекшисиниң ўазыйпасы мийнеткешлердиң мәпин алдыннан көре билип ҳәм жергиликли шәраятларды есапқа алған ҳалда, усы мәптиң турмысқа конкрет енгизилиўиниң әмелге асырылыўын кеңейтиўден ибарат. Кәсиплик аўқам ағзасы, белсендиси, кәсиплик аўқам аппараты хызметкерлери, кәсиплик аўқам жетекшиси усындай жумысты алып барыў ушын мәлим бир билим ҳәм көнликпелерге ийе болыўы зәрүр. Айырым жағдайларда кәсиплик аўқам белсендиси сыпатында жумыс бойынша зәрүр болған билимлер ҳәм әмелий көнликпелер жоқ екенлиги себепли машқалалардың орын алыўы итималлығы жоқары болып келмекте.
Оқыў-семинар барысында Кеңес баслығы У.Жалменов кәсиплик аўқамында жумысты алып барыў ушын арнаўлы билим ҳәм коммуникатив уқыплылыққа ийе болыўы кереклиги ҳаққында кеңирек тоқтап өтти. Кәсиплик аўқам искерлиги, мийнет нызамшылығы, кәсиплик аўқам ҳуқықы, мийнеткешлердиң мәпин қорғаў бойынша табыслы жумыслар тәжирийбелери, жәмәәтлик шәртнамалар тийкарында кәрханалардағы мийнет шәраятларын жақсылаўда кәсиплик аўқам белсендилериниң сөйлесиўлер алып барыў шеберлигине ийе, гәпке уста (оратор), өз ҳәрекетлерин ҳәм жумысын жақсы шөлкемлестириўши (организатор), қыйын ҳам конфликтли жағдайлардан қорықпайтуғын болыўы кереклиги, кәсиплик аўқам ағзаларына берилетуғын қосымша социаллық кепилликлер бойынша нызамда белгиленген нормалардан имканияттан пайдаланып, жоқары дәрежеде белгилеп алыў ҳәм кәсиплик аўқам хызметкерлери потенциалын асырыў бойынша түсиниклер берилди.
Соныңдай оқыў-семинар бағдарламасына тийкар Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси шөлкемлестириў жумыслары бөлими меңгериўшиси Гулнара Илмурадова “Кәсиплик аўқамлары басланғыш шөлкемлери жумысларын устав талаплары ҳәм норматив ҳүжжетлер тийкарында шөлкемлестириў, жумысларды жобаластырыў”, “Басланғыш шөлкемлерде өз қарарлары, жоқары шөлкемлерден түсип атырған ҳүжжетлерди орынлаў бойынша мониторинг алып барыў”, Кеңес мийнеткешлердиң социал-экономикалық мәплерин қорғаў бөлими меңгериўшиси Полат Торемуратов “Мийнет тараўында социаллық шериклик тийкарлары. Жәмәәтлик шәртнамалары ҳәм келисимлери”, “Халықаралық Мийнет Шөлкеминиң Өзбекстан Республикасы тәрепинен ратификация қылынған Конвенцияларын әмелге асырыў мәселелери”, Кеңестиң мәдений-ағартыў ҳәм спорт жумыслары бөлими меңгериўшиси Гулмурат Тлепов “Мийнет жәмәәтлеринде мәдений-ағартыў, дене-тәрбия ҳәм спорт жумысларын шөлкемлестириўдиң тийкарғы жөнелислери” атамаларында теориялық ҳәм әмелий шынығыўлар өткерди.
Оқыў-семинар жуўмағында қатнасыўшылар өз-ара пикир алмасты ҳәм өткерилген оқыў-семинар бойынша анкета сораўларына жуўаплар берди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: