“Сиз – Өзбекстан Республикасының кәсиплик аўқамлары ҳаққындағы нызамы”нан хабардармысыз?

“11 ноябрь – “Кәсиплик аўқамлары күни” байрамы мүнәсибети менен Қарақалпақстан медицина институтында институттың Жаслар маселелери, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Г.Хожаметов пенен биргеликте институтда билим алып атырған студентлер арасында “Сиз – Өзбекстан Республикасының кәсиплик аўқамлары ҳаққындағы нызамы”нан хабардармысыз” атамасында викторина ойынлары өткерилди. Викторина ойыны жеңимпазлары ҳәм де белсене қатнаскан студетлерге Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен таярланған саўғалар тапсырылды.

Викторина жуўмағында Қарақалпақстан медицина институты ректоры, Сенатор О.А.Атаниязова сөз сөйлеп, өзиниң унамлы пикирлерин билдирди.