ШАДЛЫҚҚА ТОЛЫ МӘЎСИМ

Барлық жақсы нәрсе балаларға!

Ҳақыйқатында да, мәмлекетимизде барлық нәрселер ертеңимиз ийелери болған балалар ушын. Жаз мәўсими басланыўы менен ата-аналар перзентлериниң бир жерде кеўилли дем алыўын тәмийинлеўге ҳәрекет етеди. Әлбетте, бунда елимиздеги дем алыў орайлары перзентлеримиз ушын өзине тән таңлаў болып есапланады.

Қарақалпақстан Республикасында да балалардың саламат ҳәм мазмунлы дем алыўын тәмийинлеў мақсетинде усы жылдың 3-июнь күнинен баслап дем алыў орайларына қабыллаў басланды.

2025-жылғы мәўсимде балаларды саўаландырыў жумыслары жоқары дәрежеде шөлкемлестирилген болып, бүгинги күнге келип Қарақалпақстан Республикасында 11 стационар ҳәм 69 күндизги дем алыў орынлары жумыс алып бармақта.

Соннан қала ҳәм районларда жайласқан 69 күндизги дем алыў орынларында жәми 16 750 бала, 11 стационар орынларында болса 7 140 бала, жәми 23 890 баланың саўаландырылыўы режелестирилген.

Барлық дем алыў орайлары перзентлеримиздиң кеўилли дем алыўы ушын медицина хызметкерлеринен баслап педагог-хызметкерлер, руўхыйлық ханаларындағы ҳәр қыйлы атамадағы китаплар балалардың ықтыярында. Әсиресе, ҳәр бир күн сондай бөлистирилген, олар ҳасла зеригиў не екенин билмейди.