Қайыр-сақаўат илажлары даўам етпекте

Мәмлекетимизде жаратылған күшли социаллық қорғаў нәтийжелери  тийқарында ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары тәрепинен халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын, имканияты шекленген шахсларды, әсиресе, басқалардың қараўына мүтәж жалғыз баслы кекселерди мәнзилли социаллық қорғаўын күшейтиў мақсетинде анық илажлар әмелге асырылмақта.

11-ноябрь – ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары күни мүнәсибети менен ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси тәрепинен 2022-жыл 2-15-ноябрь күнлери аралығында «Жаңа ϴзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз!» идеясын өзинде жәмлеген қайыр-сақаўат илажлары өткерилмекте.

Усы жылдың 5-ноябрь күни ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси хызметкерлери, белсенделери Тақыятас районындағы “Балалар үйи”ндеги тарбияланыўшылардан хабар алды.

Илажда ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси Шөлкемлестириў бөлими менгериўшиси Г.Илмурадова қатнасып, усы үйде тарбияланыўшылардың ҳал-жағдайлары менен танысты.

Соның менен бирге, “Балалар үйи”ниң тарбияланыўшылары өнерментлердиң буйымлары көргизбеси қойылды, ал ҳәўескер жасаўшылар атқарыўындағы қосық ҳәм тақымақлары бәршеге байрам кейпиятын бағышлады.

Илаж даўамында “Балалар үйи”не Қарақалпақстан кеңеси тәрепинен 3 млн. сўмлық қәўендерлик жәрдемлер көрсетилди.

Өсип киятырған жас әўлатды қорғаў, оларға қылынып атырған ҳәр қандай ғамхорлық елимиздиң раўажланыўы ушын қойылып атырған беккем тиреги болып есапланады. Ертенги күнимиз ийелерине көрсетилип атырған итибар келешекте олардың Ўатанына садық, физикалық ҳәм руўхый баркамол болып жетиўинде аҳмийетли факторы болып есапланады.

Усындай илажлар ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының буўындағы барлық шөлкемлер тәрепинен Өзбекстан Республикасының бәрше ўалаятларында өткерилмекте.