8 март “Халық аралық ҳаял-қызлар күни” байрамы мүнәсибети менен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде ҳаял-қызлар арасында спорттың волейбол түри бойынша жарыс өткерилди. Инсан саламатлығын беккемлеўде спорттың тутқан орны әҳмийетли. Жарысты өткериўден мақсет болса спорттың ғалабалығына ерисиў, ҳаял-кызлар арасында саламат турмыс тәризин кең ен жайдырыў, олардың бос ўакытларын мазмунлы өткериўден ибарат. Инсаннан шаққанлық ҳәм епшилликти талап ететуғын волейбол жарысында 3 орынды Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институты, 2 орынды O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ийелеген болса, 1 орынды Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң командалары жеңимпаз болды. Сәне мүнәсибети менен өткерилген жарыста жеңимпаз командаларға диплом ҳәмде естелик саўғалары тапсырылды.






Spelling error report
The following text will be sent to our editors: