Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы басшылығындағы Республика комиссиясы ҳәм оның қурамындағы Жумысшы топарлар мәмлекетимиз аймақларында «Ҳаяллар дәптери»не киритилген ҳаял-қызлар машқалаларын системалы шешиў ҳәм оларға әмелий жәрдем көрсетиў барысында кең көлемли жумысларды әмелге асырмақта.
Усы жылдың 27-август күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Қарақалпақстанда ҳаял-қызлар машқалаларын системалы рәўиште шешиў, оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша Республика комиссиясы тәрепинен өткерилип атырған таңлаўларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы жуўмақларына арналған илаж болып өтти.
Халқтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў ҳәмде усындай шаңарақларға материаллық ҳәм бийғәрез жәрдемлер көрсетип киятырған, сондай-ақ “Ҳаяллар дәптери”не киритилген ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеўге көмеклесип атырған исбилермен ҳаял-қызларды хошаметлеў мақсетинде “Кәсиплик аўқамлары лауреаты” таңлаўы, мәмлекетимизде гендер сиясаты ҳәмде, социаллық-сиясый өмиринде ҳаяллардың рөлин асырыўға қаратылған жумысларды үлгили шөлкемлестирген кәрхәналардың ҳаял басшыларын хошаметлеў ҳәм жумыс бериўши жумысларының нәтийжелилигин асырыў мақсетинде “Ең үлгили ҳаял жумыс бериўши” таңлаўы, мәҳәллеси абат ҳәм тыныш болған мәҳәлле пуқаралар жыйыны баслықлары арасында “Ең жақсы мәҳәлле баслығы” таңлаўы ҳәмде машқалаларды “мәҳәллебай” ҳәм “ханаданбай” үйрениў ҳәм оларды шешиўге көмеклесиў, пуқаралардың өзин өзи басқарыў органлары ҳәмде ўәкилликли мәкеме ҳәм шөлкемлер арасында социаллық шерикликти беккемлеў, аймақларды комплекс раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў мақсетинде “Ең жақсы сектор баслығы” таңлаўлары жолға қойылды.
Таңлаўлардың қала ҳәм район басқышлары усы жылдың июнь айында өткерилип, “Кәсиплик аўқамлары лауреаты” номинациясы бойынша 40, “Ең үлгили ҳаял жумыс бериўши” номинациясында 54, “Ең жақсы мәҳәлле баслығы” номинациясында 364 ҳәм “Ең жақсы сектор баслығы” номинациясында 58 талабанлар қатнасты.
Сондай-ақ республикамыздың ҳәр бир мәҳәлле пуқаралар жыйыны жанында жәмәәтшилик тийкарында шөлкемлестирилген 422 “Ҳаяллар мәсләҳат кеңеслери” арасынан, ҳаял-қызлардың дәртин еситип, усыныс ҳәм қызығыўшылықларын жүзеге шығарыўда, олардың шаңарақларын беккемлеў ҳәм перзент тәрбиясындағы ролин ҳәмде социаллық белсендигилин асырыўға қаратылған мәсләҳатлер бериўде, “әдепли қыз”, “ийбели келин” ҳәм “мәрипатлы ҳаял” идеяларын кеңнен үгит нәсиятлаўда, соныңдай “Ҳаяллар дәптери” менен ислесиўде белсендилик көрсетип, нәтийжели жумыс алып барып атырған ең үлгилилери болған Елликқала районындағы “Ақшакөл” аўыл пуқаралар жыйыныныӊ “Ҳаяллар мәсләҳәт кеӊеси” ҳәмде Хожели районындағы “Жан қоӊырат” мәкан пуқаралар жыйыныныӊ “Ҳаяллар мәсләҳәт кеӊеси”лери ҳәр бири 50 млн. сўм муғдарында қаржы менен сыйлықланды.
“Ең жақсы мәҳәлле баслығы” таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышында Шымбай районы “Пашент таў” АПЖ баслығы Айтымбетов Азизбек Оразбекович 2-орын, Қоңырат районы “Қоңырат” МПЖ баслығы Уразалиева Марияш Қалбаевна 3-орын ийеледи;
“Кәсиплик аўқамлары лауреаты” таңлаўында Беруний районы жеке тәртиптеги исбилермен Джуманазарова Роза Курбанбаевна 2-орын, Қараөзек районы жеке тәртиптеги исбилермен Утепбергенова Замира Жумабаевна 3-орын жеңимпазлары болды;
“Ең үлгили ҳаял жумыс бериўши” таңлаўында Қоңырат районы “Устюрт гилемлери” ислеп шығарыў кәрханасы баслығы Гулжайсан Сағынбаева 2-орнын, Шоманай районы “SHOMANAY SHAMENAY” ЖШЖ баслығы Юсупбаева Шахрибану Аллияр қызы 3-орынларын қолға киритти.
Бул таңлаўлардың 2-орын ийелери ҳәр бири 5 млн.сўм, 3-орын ийелери 3 млн.сўм муғдарында қаржылай сыйлықланды;
Сондай-ақ “Ең жақсы сектор баслығы” таңлаўы бойынша Қарақалпақстан Республикасы басқышының 2-орын жеңимпазы болған Шоманай районы 3-сектор баслығы Искендеров Полат Конысбаевичке 10 млн. сўм, 3-орын жеңимпазы Бозатаў районы 4-сектор баслығы Казбеков Жанибек Мухаметовичке 5 млн.сўм муғдарындағы қаржысы сыйлық сыпатында тапсырылды.
Таңлаўлардың Қарақалпақстан Республикасы басқышында биринши орынларды ийелеген “Ең жақсы сектор баслығы” – Қараөзек районы ҳәкими Утамбетов Узақберген Тлеумбетович, “Ең жақсы мәҳәлле баслығы” болған – Нөкис қаласы “Сарбиназ” МПЖ баслығы Аминов Мадияр Шамшетович, “Кәсиплик аўқамлары лауреаты” – Кегейли районынан “Рус-Ислам-Султан” шаңарақлық кәрханасы баслығы Раметова Айжамал Толыбаевна ҳәмде “Ең үлгили ҳаял жумыс бериўши” деп табылған – Әмударья районынан “Тамара текстиль” ЖШЖ баслығы Юсупова Тамара Раҳимбоевналар Республика басқышында қатнасыў ушын жоллама алды.
Салтанатлы түрде өткерилген сыйлықлаў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ баслығы Мурат Камалов, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы, сенатор Улыкбек Жалменовлар сөзге шығып, жеңимпазларды ерискен утыслары менен шын кеўилден қутлықлады. Алдағы жумысларында ҳәм жуўапкершиликти толық сезинген ҳалда жәнеде үлкен жетискенликлерге ерисиўлерин тилеп, бундай таңлаўлардың өткерилиўи ҳүрметли Президентимиз басшылығында алып барылып атырған реформалардың нәтийжелилиги бәршеге бирдей искерликти ҳәм көтериңки кейпиятты бөлисиўин ҳәмде көзленген мақсетлерге жетиўге түртки болыўын атап өтти.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: