1997-жылдан баслап Халықаралық Мийнет Шөлкеми тәрепинен 12-июнь “Пүткил дүнья жүзилик балалар мийнетине қарсы гүресиў күни” деп жәрияланған.
Усы сәне мүнәсибети менен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен Тақыятас районындағы «Айдын жол» дем алыў орайында “Балалар мийнетин тоқтатыў бойынша өз миннетлемемизди орынлайық!” сүрени астында илаж өткерилип, бунда дем алыўшы балалар менен Кеңестиң мийнеткешлердиң социаллық-экономикалық мәплерин қорғаў бөлими меңгериўшиси П.Торемуратов, жетекши қәнигеси Е.Утепбергенов, Балалардың дем алыўын ҳәм саўалландырыўын шөлкемлестириў Департаментиниң Қарақалпақстан басқармасы қәнигеси М.Қарлыбаев, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Дене тәрбия ҳәм спорт басқармасы Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси С.Шарипов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы спорттың каратэ түри бойынша чемпионлары А.Көшербаев, Т.Аширбекова ҳәм басқалар қатнасты.
Илажда Кеңестиң мийнеткешлердиң социаллық-экономикалық мәплерин қорғаў бөлими қәнигелери тәрепинен 12 – июнь – «Пүткил дүнья жүзилик балалар мийнетине қарсы гүресиў күни» ҳаққында кең түрде айтып өтип, мәжбүрий мийнет соның ишинде балалар мийнетине жол қоймаўда алып барылған жумыслар тийкарында бир қатар унамлы нәтийжеликлерге ерисилгенлигин, соның ишинде балалар мийнети тоқтатылғанлығын айрықша атап өтти.
Буннан соң, А.Көшербаев, Т.Аширбековалар өзлериниң усы табысларына ерисиўинде мәмлекетимизде бәрше шараятлардың жаратылғанлығын, буннан жасларымыз дурыс пайдалана билиўи, биринши гезекте жақсы оқыўы, удайы түрде спорт пенен шуғылланыўы, бос ўақытларын дурыс шөлкемлестириўи кереклигин ҳәм бул бағдарлағы жумысларда ата-аналар кең жәмийетшилик пенен биргеликте жумыс алып барыў зәрүрлигин айтып өтти.
12-июнь – “Пүткил дүнья жүзилик балалар мийнетине қарсы гүресиў күни”не бағышланып балалар арасында сүўрет салыў таңлаўлары, спорттың шашка, шахмат, стол тенниси түрлеринен жарыслар өткерилип жеңимпазларға Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен балаларға Халық аралық мийнет шөлкеми ҳәм Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының логатиплери тусирилген футболка, кепка, ҳәм дипломлар менен сыйлықланды.
“Балалар мийнетин тоқтатыў бойынша өз миннетлемемизди орынлайық!” сүренди астында илажлар ҳәм Елликқала районындағы «Арал балалары», Төрткүл районындағы «Оқ кабутар» балалар дем алыў орайларында өткерилди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: