Усы жылдың 16-февраль күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси мәжилислер залында «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз» атамасында ушырасыў болып өтти.
Болып өткен илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси хызметкерлери, кәсиплик аўқамлары Республикалық кеңес басшылары, сондай-ақ видеоконференция байланыс арқалы кәсиплик аўқамларының қала ҳәм районлық кеңеслериндеги белсендилери қатнасты.
Оны Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы, сенатор Жалменов Улықбек алып барды.
Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының аға жәрдемшиси Гулистан Алеўова қатнасыўшыларға өз баянатын усынды.
Г.Алеўованың атап өтиўинше, бүгинги күнде мәмлекетимиз ҳақыйқый мәнисте демократик өзгерислер, кең имканиятлар ҳәм әмелий ислер елине айланып бармақта.
Әсиресе, соңғы жылларда мәмлекетимизде коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў, мәмлекет ҳәм жәмийет қурылысының барлық тараўларында коррупциоген факторларға шек қойыўға қаратылған кең көлемли реформалар даўам етпекте.
Усындай реформалар әмелге асырылып атырған ўақытта, республикамыздағы мекемелерде коррупция менен байланыслы жынаятлардың ҳәўиж алып атырғанлығында атап өтиў керек.
Г.Алеўова өз баянатында коррупцияға байланыслы бирнеше мысалларды келтирип, бул иллетке қарсы гүресиў, усы түрдеги ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятлардың алдын алыўда прокуратура тәрепинен әмелге асырылған бир қатар ислер ҳаққында кең тоқталып өтти.
Сондай-ақ сөз жуўмағында келешекте ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы искерликлерин жәнеде жеделлестирип, коррупцияның ҳәр қандай көринисине қарсы қатаң шәралар көрилетуғынлығын атап өтти.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: