“Қоңырат сода заводы”нда жумысшы-хызметкерлери менен ушырасыў

11 ноябрь — Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни байрамы қабатында усы жылдың 7- ноябрь күни Қоңырат сода заводында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының  Қарақалпақстан кеңеси баслығы, сенатор У.А.Жалменов ҳәм кәсиплик аўқамлары белсенделери менен биргеликте завод искерлиги менен танысты.

Қоңырат сода заводында мийнеткешлердиң социаллық-экономикалық мәплери ҳәм мийнет саласындағы ҳуқықлары ис бериўши ҳәм де кәсиплик аўқам комитети социаллық шериклигинде беккем қорғаўға алынған. Хызметкерлер дәраматларын асырыў, оларға қосымша мийнет дем алыслары бериў, денсаўлықларын беккемлеў мәселелери турақлы итибарда болып, белсенди хызметкерлерди хошаметлеп барыў да үлгили шөлкемлестирилген.

Завод цехларында искерлик алып баратуғын басланғыш кәсиплик аўкам комитетлери баслықлары (олар 26 адам) ушын жаңа қабыл етилген жәмәәт шәртнамасы бойынша, цехлардан сайланған 59 ўәкил ушын мийнет қәўипсизлиги бойынша оқыў -семинарлары шөлкемлестирилди. Цех ҳәм бөлимлердеги кәсиплик аўқамы мүйеши, цех кәсиплик аўқамы күнделиги, мийнет қәўипсизлиги бойынша ўәкиллерге жумыс жобасы ислеп шығылды ҳәм де тарқатылды.

Мийнет ветеранларға айрықша  итибар қаратылып атыр Юбилей сәнесине жеткен хызметкерлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде усы жыл б1 ветеранларға материаллық жәрдем ажыратылып ҳәм қымбат баҳалы сыйлықлар берилди.

Заводта мийнет қылып атырған ислеўшилердиң перзентлерин саўаландырыўда кәсиплик аўқам комитетиниң турақлы итибарында. Балалар дем алыў орайларда ислеўшилердиң 200 ге жақын ул-қызлары дем алдырылды. Барлық қәрежетлер толық кәрхана ҳәм кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен қапланып берилди.

Бүгинги күнде әмелге асырылып атырған мәмлекет сиясатының тийкарғы бағдарлары, кең көлемдеги реформалардың мазмун-мәниси, қабыл етилген нызам ҳүжжетлери ҳәм мәмлекетлик бағдарламаларының әҳмийетин ислеўшилерге ҳәр тәреплеме түсиндириў мақсетинде ҳәр айда 2 мәрте “Мәрипат саатлар” ы өткериў жолға қойылған.

Соның менен бирге кәсиплик аўқам комитети ис-жобасына муўапық мәмлекетимизде кең белгиленетуғын байрамлар қабатында заводта ислеўшилер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары арасында шахмат, шашка, миллий гүрес, тас көтериў, аркан тартыў, волейбол, футбол, шаңарақлық спорт, баскетбол, стол тенниси жарысларын шөлкемлестириў әдетий жағдайға айналған.

Завод аймағындағы “Елабат” поселкасында жайласқан  52-санлы мектебинде ислеўшилердиң перзентлери билим алады. Мектеп оқыўшылар ушын таза суў менен тәмийинлеўде машқалалар болмаслығы ушын кәсиплик аўқамы тәрепинен 6 дана кулер алып берилди. Мектеп китапханасы ушын 10 млн. сумлық көркем әдебиятлар, сабаклыклар, оқыў қолланбалары алып берилди ҳәм китаплар ушын шкаф ҳәм стеллажлар орнатылды.

Ушырасыў даўамында заводтың бир қатар мийнеткешлерге ϴзбекстна кәсиплик аўқамлары Федерациясының “Ҳүрмет Жарлық”лары тапсырылды.

\