Жәмәәтлик шәртнамалардың жуўмақларына бағышланған мийнет жәмәәтиниң конференциялары өткерилмекте

Шымбай, Тахтакөпир, Кегейли районлық медицина бирлеспелери ҳәм 3-санлы Республикалық районлар аралық фтизиатрия емлеўхансында 2021-2023-жыллар ушын қабыл етилген жәмәәтлик шәртнамаларының 2022-жылда орынланыўы ҳәм 2023-жыл ушын қосымша ҳәм өзгерислер киритиў бойынша мийнет жәмәәтиниң конференциялары ҳәм улыўма жыйналысы болып өтди.

Онда Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Л.Байбосынова ҳәм кеңес есапшысы Б.Сабыровлар қатнасты.