Кеңес кубоги жарысы өткерилди

11-ноябрь – «Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни» байрамы мүнәсибети менен 2026-жылдың 05-ноябрь күни Нөкис Абу Али Ибн Сино атындағы жәмийетлик саламатлық техникумы спорт базасында Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте денсаўлықты сақлаў хызметкерлери арасында спорттың киши футбол түринен “Өзбекстан денсаўлыкты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси кубоги” жарысы өткерилди.

Жарыс жуўмағында I, II, Ш орынды ийелеген командалар, сондай-ақ  «Ең жақсы дәрўазаман», «Ең жақсы ҳүжимши», «Ең жасы үлкен қатнасыўшы», «Ең жас қатнасыўшы», «Ең жақсы ойыншы», «Ең жақсы қорғаўшы» номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланды.

Кубок жарысы жеңимпазлар Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен таярланған  тийисли дәрежедеги кубок, медальлар, дипломлар ҳәм де  баҳалы саўғалар менен, сондай-ақ номинация жеңимпазлары, диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.