2025-жыл 17-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев кәсиплик аўқамларының белсендилери ҳәм ветеранлары менен ушырасыў өткерди. Ушырасыў даўамында мәмлекетимиз басшысы тараў ўәкиллери менен шын кеўилден пикирлести, олардың усыныс ҳәм басламаларын тыңлады.
Бул ушырасыў қарақалпақстанлылар ушын ҳақыйқый қуўанышқа айланды, себеби Қарақалпақстан Республикасының ең шетки аўылында «Бозатаў» санаториясы пайдаланыўға тапсырылды.
Оның ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев, Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, сондай-ақ, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кеңесиниң баслығы У.Жалменов, мийнет ветеранлары, нуранийлар, кәсиплик аўқамларының белсендилери, ҳәм кең жәмийетшилик қатнасты.
– Президентимиздиң Қарақалпақстанға айрықша итибары себепли бир ўақытлары итибардан шетте қалған Бозатаў районы қысқа ўақытта қайтадан шырайланды. Усы тийкарда онда санаторий қурылып, пайдаланыўға тапсырылды,-дейди Бозатаў районының «Еркиндәрья» аўыл пуқаралар жыйыны турғыны Худайберген Тилеўлиев.
Нураний атаның сөзлеринде ҳақыйқат жәмленген. Бүгинги күнде Бозатаў халқының қуўанышында шек жоқ. Жаңа санаторий тек ғана дем алыў емес, ал саўаландырыў, руўхый ләззет бағышлаў орны сыпатында да үлкен әҳмиетке ийе.
Жойбарға бола, санаторий бир ўақыттың өзинде 200 дем алыўшыға хызмет көрсете алады. Жылына 6000 пуқара суў процедуралары, физиотерапия ҳәм басқа да заманагөй медициналық хызметлер арқалы саламатлығын тиклеў имканиятына ийе болады.
Бул жерде 6 қабатлы ықшам жатақхана, 2 қабатлы емлеў орайы, заманагөй асхана ҳәм мәденият клубы, фин ҳәм түрк моншалары, жабық бассейн, сондай-ақ, шаңарақлық коттеджлер ҳәм басқа да инфраструктуралар бар.
12,5 гектар майданды иелеп атырған санаторийдиң 6,3 гектары мийўели бағлар, 4 гектары саяманлы тереклер менен және де пайызлы. Алыстан көзге тасланып туратуғын сулыў көринис тек ғана гөззаллық емес, ал экологиялық тең салмақлылық, саламат орталық дегени. Қалаберди, қуяш панельлери арқалы қайта тиклениўши энергия дәреклери де жолға қойылған.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен 123 миллиард сумға қаржыландырылған бул жойбар тек ғана саўаландырыў тараўын раўажландырып қоймастан, ал 120 қәниге ушын турақлы жумыс орынларын жаратады. Бул болса, өз гезегинде, район халқының турмыс сапасын арттырыўға хызмет етеди.
Қарақалпақстанда мине усындай саўлатлы санаторий қурылысы – бул жаңа турмыс, жаңа нәпес, жаңа имканиятлар дегени.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: