Киберқәўипсизликти тәмийинлеў, мәлимлеме ресурсларын қорғаў ҳәм интернет тармағынан қәўипсиз пайдаланыў мәдениятын арттырыў мақсетинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң мәжилислер залында жас хызметкерлердиң қатнасыўында киберқәўипсизлик темасында семинар шөлкемлестирилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Кибержынаятларға қарсы гүресиў басқармасы киберпрофилактика инспекторы, капитан Т.Зарипов қатнасып, бүгинги күнде интернет тармағында кеңнен тарқалып атырған киберқәуиплер ҳәм олардың алдын алыў илажлары ҳаққында мағлыўмат берди.
Семинар даўамында қатнасыўшыларға интернет алдаўшылық, фишинг ҳүжимлери ҳәм жеке мағлыўматлардың тарқалып кетиўине байланыслы қәуип-қәтерлер түсиндирилди. Сондай-ақ, электрон почта ҳәм социаллық тармақлардан пайдаланыўда абайлылық илажларына әмел етиў, қурамалы пароллерден пайдаланыў, еки басқышлы тастыйықлаўды иске қосыў ҳәм гүманлы силтемелерди ашпаў бойынша әмелий усыныслар берилди. Илаж даўамында жас хызметкерлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Киберқәуипсизлик қағыйдаларына әмел етиў жеке мағлыўматлар ҳәм санлы қәўипсизликти тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе екени айрықша атап өтилди.
Семинар жуўмағында мәлимлеме қәуипсизлиги тараўында билим ҳәм көнликпелерди турақлы арттырып барыў, киберқәуиплерге қарсы сергекликти күшейтиў ҳәм интернет тармағынан жуўапкершилик пенен пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди.





Spelling error report
The following text will be sent to our editors: