Нөкис “Темурбеклер мектеби” әскерий-академик лицейинде “9-апрель — Қарақалпақстан Республикаси Конституцияси қабыл етилгенлигиниң 33 жыллығы” мүнәсибети менен ушырасыў шөлкемлестирилди.
Илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығы орынбасары, Қарақалпақстан кеңеси баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты У.А.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық қадағалаў комитети баслығы орынбасары Ш.М.Ибрагимов, Нөкис раёнларара ҳәкимшилик суды судясы Қ.Бабаназаров ҳәмде лицей оқыўшылары қатнасты.

Ушырасыў даўамында бас нызамымыз — Конституцияның мазмун-мәниси, оның халқ мәплерин қорғаўдағы орны ҳәм әҳмийети хаққында кеңирек мағлыўматлар берилди.
Сондай-ақ, Конституция елимизде әмелге асырылып атырылған демократик реформалардың беккем ҳуқуқый тийкары екенлиги, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўы кепиллиги екенлиги айрықша атап өтилди.







Spelling error report
The following text will be sent to our editors: