«7-апрель – Дүньяжүзлик саламатлық күни» мүнәсибети менен спорт жарыслары болып өтти

2026-жыл 7-апрель күни Нөкис қаласында Дүньяжүзлик саламатлық күни мүнәсабети менен ғалабалық жүриў марафони ҳәм спорт жарыслары болып өтти.

Бул илаж Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңес тәрепинен шөлкемлестирилди. Онда түрли тараўларда мийнет етип атырған жас кәсиплик аўқамлары ағзалары белсенди қатнасты.

Марафон Нөкис қаласындағы “Дослық” каналы бойлап өткерилип, қатнасыўшылар саламат турмыс тәризин үгит нәсиятлаў, физикалық белсендиликти асырыў ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўге қаратылған бул илажда үлкен қызығыўшылық пенен қатнасты.

Соның менен бирге, илаж шеңберинде түрли спорттың жүзиў, шахмат, стол тенниси ҳәм дартс түрлери бойынша жарыслар шөлкемлестирилип, қатнасыўшылар арасында достана бәсеки орталығы жаратылды. Актив қатнасқан жаслар шөлкемлестириўшилер тәрепинен хошаметленди.