Балалардың қысқы дем алысы мазмунлы ҳәм кеўилли өткерилди

Мойнақ районында жайласқан «Ақ кеме» балалар дем алыў орайында 107 баланың қысқы дем алыс күнлерин мазмунлы, қызықлы ҳәм көтериңки руўхта шөлкемлестирилди. Балалардың дем алысы байрам кейпиятында өтти.

Айтып өтиў орынлы, ҳәр жылғы дәстүрге муўапық, усы қысқы дем алыс мәўсими Қарақалпақстан Республикасы Ҳүкиметиниң қоллап-қуўатлаўы ҳәмде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Жаңа жыл байрам кейпияты дем алыў орайында елеге шекем сақланып, балалар ушын түрли қызықлы ҳәм рәңбәрең мәдений-ағартыўшылық илажлар шөлкемлестирилди. Атап айтқанда, қуўыршақ театры жәмәәтиниң тамашалары, «Қысқы заковат» интеллектуаллық ойынлары, балалар арасында ҳәр қыйлы таңлаўлар, дөретиўшилик шығыўлар және спорт ҳәм кеўилашар шынығыўлар балаларға умытылмас тәсирлер бағышлады.

Қысқы дем алыстың өзине тән кейпияты, кишкене болса да қарлы көринислер, балалардың қуўанышы ҳәм көтериңки кейпияты дем алыў орнында айрықша байрам орталығын жаратты. Қар ата ҳәм Қар қызлар менен ҳәр күни болып туратуғын ушырасыўлары болса балаларға бир дүня күлки ҳәм қуўаныш бағышлады.

«Ақ кеме» балалар дем алыў орайы жәмәәти, ишки ислер, миллий гвардия, шыпакерлер тәрепинен ҳәр бир баланың қәўипсизлиги, ден-саўлығы ҳәм мазмунлы дем алыўы турақлы қадағалаўға алынған болып, қысқы дем алыс балалардың ядында жыллы ҳәм умытылмас мәўритлер сыпатында мөрленип қалды.