Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы, Өзбекстан Жумыс бериўшилер конфедерациясы арасында социаллық-экономикалық мәселелерге байланыслы 2023-2025-жыллар ушын дүзилген Бас Жәмәәтлик Келисимниң 99-, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси ҳәм Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы арасындағы 2023-2025-жыллар ушын дүзилген Аймақлық Жәмәәтлик Келисимниң 105-бәнтлерине муўапық республикалық кәсиплик аўқамлары белсендилериниң Ҳүкимет, министрлик, басқарма, шөлкемлер ўәкиллери менен «Мийнет саласындағы зәрүр әҳмийетке ийе мәселелер» темасында дөгерек сәўбетин өткериў белгиленген.
2024-жыл 10-декабрь күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси мәжилислер залында министрликлер, басқарма, шөлкемлер ўәкиллери менен биргеликтеги «Мийнет саласындағы зәрүр әҳмийетке ийе мәселелер» темасында дөгерек сәўбети болып өтти.
Дөгерек сәўбетти Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы Улықбек Жалменов ашып берди.
Дөгерек сәўбетиниң өткерилиў бағдарламасы тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң мийнет ҳуқық инспектори М.Қалжановтың «Мийнет саласындағы нызам үстинлигин тәмийинлеў бойынша машқалалар ҳәм шешимлер», Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң социаллық тараў экономикасы ҳәм мәкемелерин финанслық жақтан тәмийинлеў бөлиминин баслығы орынбасары П.Аллаяровтың «Бюджет шөлкемлерде мийнет ҳақы, социаллық қорғаў ҳәмде мийнетти қорғаў жумысларын қаржыландырыў жумыслары», Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы орынбасары А.Аманбаевтың «Исбилерменлик субьектлерин қоллап-қуўатлаў ҳәмде жаңа жумыс орынларын жаратыў» ҳаққындағы баянатлар тыңланды.
Буннан соң орынлардағы кәсиплик аўқамлары белсендилери, мәкеме ҳәм кәрханалар хызметкерлеринен бәнтлик, социаллық-экономикалық, ҳуқықый қорғаў, мийнетти қорғаў, мийнет ҳақы ҳәм напақалардың өз ўақтында төлениўи, хызметкерлерди бейпул медициналық көриктен өткериў, жәмийетлик транспортлар, мийнетти қорғаў жумысларын қаржыландырыў ҳәмде билимлендириў тараўларында берилген сораўларға тийисли министрлик, басқарма ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери өз жуўап-усынысларын берди.
Сондай-ақ мийнет саласындағы зәрүр әҳмийетке ийе, шешимин табыў керек болған айырым мәселелер бойынша тийисли министрликлер, шөлкемлер менен биргеликте жумыс алып барыў кереклиги атап өтилди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: