Орта буўын медицина хызметкерлериниң кәсиплик билим ҳәм маманлығын асырып барыўды қоллап-қуўатлаў, өз жумысларында жетискенликлерге ерисип киятырған мийирбийкелерди материаллық ҳәм руўхый жақтан хошаметлеў, өз кәсибиниң шебер ийелери ортасында саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў мақсетинде 2024-жылдың 25-апрель күни “Ҳамшира-2024” көрик-таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.
Көрик-таңлаў жуўмағы бойынша “Ҳамшира-2024” Қарақалпақстан Республиксы басқышында 1-орынды Әмиўдәрья районлық медицина бирлеспеси мийирбийкеси Х.Қазақбаева, 2-орында Хожели районлық медицина бирлеспеси мийирбийкеси А.Орынбаева ҳәм 3-орынды Мойнақ районлық медицина бирлеспеси мийирбийкеси А.Махамбеталиевалар ийеледи.
Көрик-таңлаў жеңимпазлары Қарақалпақстан Республиксы денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы кеңесиниң биргеликтеги тийисли дәрежедеги дипломлары ҳәм баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: