«КИТАПҚУМАР ХЫЗМЕТКЕР» көрик-таңлаўы өткерилди

Усы жылдың 28-февраль күни Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигине қараслы Республикалық Балалар китапханасы, Нөкис қалалық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлими ҳәм Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси менен биргеликте Балалар китапханасы имаратында билимлендириў мәкемелеринде ислеп атырған хызметкерлер арасында «КИТАПҚУМАР ХЫЗМЕТКЕР» көрик-таңлаўының екинши қалалық басқышы болып өтти.

Көрик-таңлаўда қатнасыўшылар өзбек, қарақалпақ ҳәм жәҳән әдебиятларынан оқыған китаплары бойынша өзлериниң билимлерин сынақтан өткерди.

Таңлаўдың мақсети билимлендириў мәкемелеринде ислеўши хызметкерлердиң китап оқыўға болған қызығыўшылығын асырыў арқалы олардың билими ҳәм ойлаўын байытыў, мәкемелерде социаллық-руўхый орталықты жәнеде саламатластырыў, китап оқыўға болған умтылыўшылығын қоллап-қуўатлаўдан ибарат.

«КИТАПҚУМАР ХЫЗМЕТКЕР» таңлаўы жеңимпазлары:

1-орын М.Қайпанова 48-санлы мектеп.

2-орын Б.Маннанова 45-санлы мектеп

3-орын Б.Сарыбаев И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеби

Жеңимпазлар диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.