7-сентябрь күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясыныӊ Қарақалпақстан Кеӊеси мәжилислер залында Сенатор, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығыныӊ орынбасары У.А.Жалменов басшылығында Қарақалпақстан Республикасын жынаятшылық ҳәм жумыссызлықтан аўлақ аймаққа айландырыў ҳәм де «Ҳаяллар дәптери» системасыныӊ 4-басқышы орынланыўы бойынша жыйналыс болып өтти. Мәжилиске кәсиплик аўқамлары Республика Кеӊеслери баслық орынбасарлары Б.Ф.Султонов, С.С.Тўхтаев, Қарақалпақстан Республикасы Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Х.Ахмедова, тийисли министрлик ҳәм мекеме басшылары, жуўаплы хызметкерлери қатнасты.
Онда сөз алғанлар Қарақалпақстан Республикасын жынаятшылық ҳәм жумыссызлықтан аўлақ аймаққа айландырыў ҳәм де «Ҳаяллар дәптери» системасыныӊ 4-басқышы орынланыўы бойынша әмелге асырылатуғын жумыслар ҳаққында Республика, қала ҳәм районлар штаб ағзаларына түсиник ҳәм көрсетпелер берип, ўазыйпалар белгилеп алынды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: