Усы жылдың 27-декабр күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында “Хошамет – 2022ˮ сыйлығының салтанатлы тапсырыў мәресими болып өтти.
Сыйлықлаў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы А. Орынбаев, министрлик ҳәм шөлкем басшылары қатнасты. Мәресимде, талабанлар өз хызмет ўазыйпасын орынлаўда пидайылық көрсетип, жоқары нәтийжелерге ерисип ҳәм жәмийетте айрықша ҳүрметке ийе, Өзбекстан Жаслар ислери агентлигиниң мақсет ҳәм ўазыйпаларын әмелге асырыўда белсендилик көрсеткенлер сыйлықланды.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси баслығы, сенатор Улыкбек Абылаевич Жалменов “Хошамет 2022” сыйлығының “Жылдың ең белсенди жаслар устазы” номинациясы бойынша хошаметленди.
Сондай-ақ Мәмлекетлик ҳәм жәмийет хызмети хызметкерлери кәсиплик аўкамы Қарақалпақстан кеңеси шөлкемлестириў жумыслары бөлими менгериўшиси Атамуратова Муслима Коптилеўовна – “Камалакˮ балалар шөлкеми пидайысыˮ номинациясы менен хошаметленди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: