2021-жылдың 12-ноябрь күни Республикалық балалар фтизиатрия санаториясының мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң биргеликтеги «Медицина хызметкерлери күни» байрамына бағышланған салтанатлы кешеси болып өтти.
Салатанатлы кешени Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары Камалов Қурал Жалғасбаевич ашты ҳәм алып барды.
Буннан соң Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Байбосынова Лизахан Алламбергеновна сөзге шығып, бәрше медицина хызметкерлерин кәсиплик байрамы менен қутлықлады.
Салтанатлы кешеде медицин атараўында жемисли мийнет етип атырған бир қатар хызметкерлер Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен таярланған «Ҳүрмет жарлығы» ҳәм баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.
Соның менен қатар «Медицина хызметкерлери күни» байрамы мүнәсибети менен өткерилген «Жылдың ең жақсы шыпакери» көрик-таңлаўының бир қатар номинациялары жеңимпазларына Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң диплом ҳәм баҳалы саўғалары тапсырылды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: