Кекселерди ҳүрметлеў – жақсы қәдирият

Халқымызда «Устаз атаңдай уллы» деген ҳикмет бийкарға айтылмаған. Олар пүткил өмирин, билими ҳәм кеўлиниң күшин жас әўладтың тәлим-тәрбиясына бағышлаған пидайы инсанлар болып есапланады.

1-октябрь – «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» байрамы мүнәсибет менен, сондай-ақ «Кекселерге ҳүрмет-жасларға өрнек» деген уранды өзинде жәмлеген «Кекселер ҳәптелиги» иләжы шеңберинде Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси кеңеси тәрепинен ийгиликли баслама әмелге асырылды.

Кәсиплик аўқамының ўәкиллери билимлендириў мәкемелеринде узақ жыллар нәтийжели мийнет етип, өз кәсибиниң шебер иелери сыпатында мыңлаған шәкиртлерге устазлық еткен ҳәм бүгинги күнде кекшейип атырған бир топар мийнет ветеранларының шаңарақларында болды.

Илаж даўамында отыздан аслам устазлардың ҳалынан хабар алынып, оларға байрам қутлықлаўы ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. Шын жүректен сәўбетлесиўлер ўақтында ветеран оқытыўшылар өзлериниң бай турмыслық тәжирийбелери, өтмиштеги жарқын естеликлери менен ортақласты. Олардың жүзлериндеги миннетдаршылық ҳәм қуўаныш сезими илаж шөлкемлестириўшилерине де өзгеше жыллылық бағышлады.

Бундай ҳүрмет илажлары билимлендириў тараўының «алтын фонды» болған ветеранларды қәдирлеў, олардың мәсләҳәтлери ҳәм дуўаларын алыў және жас әўладты кексе жастағыларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўда үлкен әҳмиетке ийе. Кәсиплик аўқамының бул ҳәрекетлери устазларға болған жоқары итибардың айқын көриниси болып есапланады.