Жәмәәтлик шәртнаманың орынланылыўы көрип шығылды

2026-жыл 11-март күни Республикалық қәнигелестирилген руўхый саламатлық илимий әмелий медицина орайының психиатрия хызмети бойынша Қарақалпақстан Республикасы филиалында 2024-2026-жыллар ушын қабыл етилген жәмәәтлик шәртнаманың 2025-жылда орынланыў жуўмақларына бағышланған мийнет жәмәәтиниң конференциясы болып өтти.

Конференцияда Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңесиниң Бас мийнет ҳуқық инспекторы О.Адилов, Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы кеңеси баслығы Л.Байбосынова, Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы бойынша мийнет-ҳуқық инспектор Д.Уразбаевлар қатнасты.

Конференцияда жәмәәтлик шәртнаманың 2025-жылда орынланыўы ҳәм 2026-жыл ушын жәмәәтлик шәртнамасына киритилетуғын қосымша ҳәм өзгерислер ҳаққындағы мәселелер көрип шыгылды.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша жумыс бериўши ҳәм кәсиплик аўқам комитети баслығының мәлимлемелери, социаллық-мийнет мәселелери бойынша комиссия акти тыңланды.

Хызметкерлердиң социаллық-экономикалық, ҳуқықый мәплерин қорғаў бойынша алып барылған жумыслардың нәтийжесинде жәмәәтлик шәртнаманың орынланыўы бойынша орта есапта бир хызметкерге жыл даўамында 17 млн. 739 мыңнан артық қаржы жумсалғанлығы атап өтилди.

Конференцияда шығып сөйлегенлер ҳәм  қатнасыўшылары жәмәәтлик шәртнаманың 2025-жылғы орынланыўын қанаатландырарлы деп баҳалады ҳәм комиссия актин тастыйықлады.