Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси кеңеси басламасы менен 1-октябрь -«Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» байрамы мүнәсибети менен усы жылдың 28-29-сентябрь күнлери қаладағы 19-, 24- ҳәм 27-санлы улыўма орта билим бериў мектеплеринде «Үш әўлад ушырасыўы» илажы болып өтти.
Илажға улыўма орта билим бериў мектеплеринде узақ жыллар мийнет етип, бүгинги күнде напақада отырған кексе мийнет ветеранлары, ҳәзирги күнде жумыс алып барып атырған орта әўлад ўәкиллери ҳәм жас қәнигелер мирәт етилди.
Бул ушырасыўдың тийкарғы мақсети, көп жыллық мийнет жолы ҳәм турмыслық тәжирийбеге ийе нураныйлар өзлериниң турмыслық сабақларын, қыйыншылықларды қалай жеңип өткенлигин ҳәм мийнеттиң қәдирин жас әўладқа жеткериў, кекселерге ҳүрмет, инсанға иззет сыяқлы халқымыздың әзелий дәстүрлерин ҳәм миллий тәрбияны жаслар қәлбине сиңдириўден ибарат. Сондай-ақ, бүгинги күнде ҳүкиметимиз тәрепинен билимлендириў тараўын раўажландырыўға қаратылған жумыслардың нәтийжелери, ерисилип атырған жетискенликлери ҳәм келешекте ислениўи керек болған жумысларды үгит-нәсиятлаўдан ибарат.
Илажда шығып сөйлеген мийманлар мийнет майданында арттырған билим ҳәм көнликпелери, өз тараўына болған садықлығы арқалы жас әўлад ушын үлги бола алатуғынын айрықша атап өтти.
«Үш әўлад ушырасыўы»нда бай турмыслық тәжирийбелер алмасылды, пикир-усыныслар тыңланды. Жас кәсиплик аўқамы ағзаларының идеялары ҳәм басламалары оғада әҳмийетли орын тутатуғынлығы атап өтилди.
Бундай ушырасыўлар кәсиплик аўқамлары жумысындағы избе-излик ҳәм тәжирийбе алмасыўдың айқын көриниси болып, жаслардың қәлбинде мийнетке, устазларға болған ҳүрмет сезимин және де беккемлейди.






Spelling error report
The following text will be sent to our editors: