Өзбекстан билимлендириў ҳəм илим хызметкерлери кəсиплик аўқамы Нөкис қала бөлимшеси кеңесиниң есабат-сайлаў конференциясы болып өтти

4-июнь күни Өзбекстан билимлендириў ҳəм илим хызметкерлери кəсиплик аўқамы Нөкис қала бөлимшеси кеңесиниң есабат -сайлаў конференциясы болып өтти. Бул зəрүрли илаж қалалық билимлендириў ҳəм илим тараўы хызметкерлериниң социал-економикалық мəплерин қорғаў, өткен дəўирдеги искерлигин есап-китап етиў ҳəм алдағы ўазыйпаларды белгилеп алыўға қаратылди.

Конференцияға Өзбекстан кəсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кеңеси баслығы У.Жалменов, Өзбекстан билимлендириў ҳəм илим хызметкерлери кəсиплик аўқамы Республикалық кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Р.Абдурахманов, басланғыш шөлкемлерден сайлаған 81 делегатлар ҳəм де кəсиплик аўқамы белсендилери қатнасты.

Жыйналыста Өзбекстан билимлендириў ҳəм илим хызметкерлери кəсиплик аўқамы Нөкис қала бөлимшеси кеңесиниң  искерлиги, Тексериў комиссиясының есабаты тыңланды. Соның менен бирге, кеңес қурамы ағзаларын, кеңес баслығын, комитет қурамын, Тексериў комиссиясы ағзалары ҳəм баслығын ҳəм де қалалық кеңестиң жоқары кəсиплик аўқамы шөлкеми конференциясына делегатлар кандидатларын сайлаў сыяқлы зəрүрли шөлкемлестириў мəселелери көрип шығылды.

Дәслеп, қалалық бөлимше кеңеси баслығы М.Даулбаев 2020-жыл август айынан 2025-жыл май айы аралығында бөлимше кеңеси тəрепинен əмелге асырылған жумыслар туўралы конференция қатнасыўшыларына толық есабат берди. Есабатда өткен дəўир даўамында хызметкерлердиң мийнет ҳуқықларын тəмийинлеў, мəдений-ағартыўшылық илажлар өткериў, социаллық қорғалыўын күшейтиў бойынша табыс ҳəм кемшиликлер анализ етилди.

Соның менен бирге, Тексериў комиссиясының есабаты тыңланып, кеңестиң 2020-жыл август айынан 2025-жыл май айы аралығында алып барған жумысларына баҳа берди.

Кейининен сөзге шыққанлар қалалық бөлимше кеңесиниң 2020-жыл август айынан 2025-жыл май айы аралығында əмелге асырған жумысларын талқылап, алып барған жумысларын “қанаатландырарлы” деп баҳалады.

Конференцияның ең әҳмийетли бөлими – қалалық бөлимше кеңеси баслығын сайлаў болды.

Нөкис қалалық бөлимшеси кеңеси баслықлығына Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳəм мектеп билимлендириў министрлигиниң сектор қəнигеси С.Жуманиязов, бөлимше кеңесиниң əмелдеги баслығы М.Даулбаев ҳəм бөлимше қəнигеси И.Раметовлардың кандидатуралары көрсетилди. Делегатлар усыныс етилген кандидатураларды бир аўыздан мақуллап, сайлаў бюллетенине киргизди.

Кейинги бес жыллық ушын қалалық бөлимше кеңесин басқарыў мақсетинде 81 делегат көрсетилген кандидатларға жасырын тəризде даўыс берди. Санақ комиссиясы тəрепинен даўыслар санап шығылып, нəтийжеде М.Даулбаев көпшилик даўыс менен Өзбекстан билимлендириў ҳəм илим хызметкерлери кəсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси кеңеси баслығы лаўазымына қайта сайланды.

Соның менен бирге, конференцияда кеңес ағзалары, комитет қурамы, Тексериў комиссиясы ағзалары ҳəм баслығы ҳəм де жоқары турыўшы кəсиплик аўқамы конференциясына делегатлар сайланды.

Есабат-сайлаў конференциясы Өзбекстан билимлендириў ҳəм илим хызметкерлери кəсиплик аўқамы Нөкис қала бөлимшеси ушын жаңа дəўирдеги ўазыйпаларды белгилеп, келеси искерлик бағдарларын анықлап алыўда зəрүрли əҳмийет ийе.