Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси мәжлислер залында 18-ноябр–Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенлигиниң 33 жыллығы мүнәсибети менен “Байрағым — мениң мақтанышым” атамасында Мәрипат сааты өткерилди.
Илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығ орынбасары М.Данияров ҳәмде Өзбекстан Республикасы Дин ислери бойынша комитетиниң Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы бас қәнигеси Н.Жамалов сөзге шығып байрақ әййемгиден ҳәр бир халықта ғәрезсизлик, азатлық, тынышлық ҳәм турақлылық тымсалы болып келгенлиги, әсиресе әўладларымыз журт байрағын муқәддес билип оны ардақлап, көз қарашығындай сақланғанлығы ҳаққында айтып өтилди.
Байрақ атамасы ески туркий атама болып, мың жыллар алдын да сондай мәниде қолланылған. Тилтаныўшылардың айтыўынша бул қәдимги туркшеде базирақ, бадироқ, батироқ сөзлериниң мәнисинде де қолланылған. Яғный, байрақ бир ел-үлес, қәўимниң еркинлик белгиси болып, ол бәлент жерлерге, әмелдарлар шатырына орнатып, шаншып (батырып) қойылған. Они туў, жалаў, санышқы атлары менен атаған.
Тарийхымызда ҳуким сүрген түрли ата бабаларымыз, мәмлекетлер де өз байрақларына ийе болған. Мысалы, ески Көктурк ҳанлығы, Амир Темур мәмлекети байрағы аспан көк, қәдимги ата бабаларымыз болған хунлардың байрағы ақ, Ғазнаўийлер мәмлекети, Қоқан ханлығы байрақлары жасыл, Туркистан мухторияти байрағы көк ҳәм қызыл реңлерде еди. Байрағымызды қабыл етиўде, онда турақлы реңлерди белгилеўде тарийхый дәстүрлеримизге сүйенген ҳалда айрықша итибар берилген.
Жақын тарийхымызға нәзер салатуғын болсақ, 1990-жылдың март айында өткен парламент сессиясында елимиздиң мәмлекетлик белгилери давлат рамзлари ҳаққындағы мәселе додаланған еди. Сол жылдың 20-июнь күни қабыл етилген Ғәрезсизлик декларациясында да Өзбекстан өз раўажланыў жолын өзи белгилеўи, байрақ, герб, гимн сыяқлы белгилерди өзи шөлкемлестириўи белгиленди.
Ўатанымыз ғәрезсизликке ерискен дәслепки ўақытта – 1991-жылдың 18-ноябрде Мәмлекетлик байрағы ҳаққындағы нызам қабыл етилди. Усы нызамға көре, байрағымыз мәмлекетлик суверенитетиниң белгиси болып қалды.
Бүгин халқымыздың, жасларымыздың байраққа, миллий белгилерге тымсалларға болған сүйиспеншилиги, садықлығы асып баратырғанын көрип, қуўанады адам.
Өзбекстан Республикасы байрағы қабыл етилген күн бәршеге мүбәрек болсын!
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: