11-ноябрь “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни” байрамы мүнәсебети менен ушрасыўлар өткерилди

Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңеси тәрепинен Қарақлапақстан Республикасы Нөкис қаласында 11-ноябрь “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни” байрамы мүнәсебети менен ушрасыў өткерилди.

Илажда Қарақлапақстан Республикасының барлық район ҳәм қалаларынң мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи, жоқары оқыў орынларынан педагог-оқытыўшылар ҳәм тәрбияшылар ҳәмде районлық кәсиплик аўқамы бөлимшеси кеңеслери баслықлары белсендилер узақ жыллар тараўда ислеп киятырған устазлар, билимлендириў пидайылары ҳәм жуўапкерлер қатнасты. Илажда Республика кеңеси баслығы Р.Бедилов сөзге шығып, ҳәммени байрам менен қутлықлап бүгинги күнде мәмлекетимизде билимлендириў тараўында болып атырған өзгерислер, оған қаратылған итибар, сондай-ақ кәсиплик аўқамлары тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар туўрысында қысқаша мағлыўматлар берилди. Өз нәўбетинде илаж қатнасыўшылары өзлериниң қызықтырған сораўларын берип, усыныс ҳәм пикирлерин билдирип өтти.

Илаж жуўмағында Республика кеңеси баслығы Р.Бедилов ҳәм Республика кеңесиниң жуўапкер хызметкерлери билимлендириў тараўында жоқары нәтийжелерге ерискен ҳәм кәсиплик аўқамлары тараўында пидайы ислеп киятырған бир топар район, қала кәсиплик аўқамлары кеңесилари ҳәм басланғыш кәсиплик аўқамы шөлкемлерине Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министирлигиниң “Халық билимлендириў ағласы” көкирек нышаны тапсырылды. Усы менен бирге басланғыш кәсиплик аўқамы комитети баслықларына ҳәмде узақ жылар тараўда ислеп киятырған устазлардан 20 хызметкерге Республика кеңесиниң қымбатбаҳалы саўғалары менен сыйлықланды.