ӨЗБЕКСТАН – АТАҚЛЫ АЛЫМЛАР ЕЛИ

Бүгин Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесинде Мәрипат сааты өткерилди.

Онда Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими ўәкиллери, Қарақалпақстан Кеңеси аппарат хызметкерлери ҳәмде кәсиплик аўқам белсендилери қатнасты.

Илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.Жалменов, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети “Инсан ҳуқықлары, мәмлекетлик ҳуқықы ҳәм басқарыў” кафедрасы доценти Юридикалық пәнлер кондидаты Х.Кабуловлар сөзге шығып Өзбекстаннан жетисип шыққан алымлар, атақлы ойшыллар ҳәм әзиз-әўлелердиң қалдырған бийбаха мийрасын үйрениў барысында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында айтып өтилди.

Соның менен бирге, Жаңа Өзбекстанда бабаларымыздың бай илимий-руўхый мийрасларын үйрениў ҳәм кең үгит-нәсиятлаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылып атырғаны, елимизден жетисип шыққан уллы алымлардың өрнек болатуғын турмыс жоллары ҳәм бай илимий-руўхый мийрасларын ҳәр тәреплеме терең үйрениў, кең жәмийетшиликке жеткизиў илажларының баслы мақсетлеринен бири екенлиги айтып өтилди.