А.С.Пушкин туўылған күнине 224 жыл

Нөкис халық аралық аэропортында миллетлер аралық татыўлық, кеңпейилликти енгизиў мақсетинде рус шайыры ҳәм жазыўшысы А.С.Пушкин дөретиўшилигине бағышланған илаж өткерилди. Илажда республика «Дослық үйи»нен рус миллий-мәдений орайы белсендилери, Нөкис қаласындағы Темурийлер мектеби оқыўшылары мийманда болды

Илажды аэропорт бсшылары ҳәм кәсиплик аўқам атынан Р.Х.Алланиязов ашып берди ҳәм алып барды. Соңынан мәдений орай ўәкиллери Пушкин дөретиўшилигинен өзлериниң түрли саҳна көринислерин инәм етип, оның қосықларынан оқып берди.

Илаж соңында еки тәреп ўәкиллери бир-бирине өз миннетдаршылығын билдирди ҳәм ушырасыў кешеси концерт бағдарламасы менен даўам етти.