Қосымша мийнет дем алысы пуллары өндирип берилди

Өзбекстан Ден-саўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Республикалық кеңеси мийнет инспекциясының жыллық ис-жобасына муўапық мийнетти қорғаў нызам ҳәм нызам асты ҳүжжетлерине әмел етилиўи ҳәмде Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы кеңеси арасында 2021-2023-жыллар ушын қабыл етилген Тараўлық келисим талапларының орынланыўын жәмәәтлик қадағалаўды әмелге асырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы бойынша мийнет техник инспекторы тәрепинен бир қатар медицина мәкемелери хызметкерлерине 2019-2023-жылларда берилген жыллық мийнет дем алысы буйрықлары үйренилди.

Үйрениўлер даўамында Тараўлық келисим 3.7-пунктинде көрсетилген жумыс орынлары аттестациясы бойынша жуўмақта белгиленген қосымша мийнет дем алыслары хызметкерлерге берилмей келгени анықланды.

Буның нәтийжесинде:

  • Республикалық оба профилактика орайы Қарақалпақстан филиалының 103 хызметкерине 400 миллион 895 мың сўм,
  • Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалының 105 хызметкерине 91 миллион 986 мың сўм,
  • Республикалық қәнигелестирилген дерматовенерология ҳәм косметология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалының 122 хызметкерине 191 миллион 318 мың сўм,
  • С.Султанов атындағы Республикалық Фтизиатрия ҳәм пульмонология орайының 306 хызметкерине 164 миллион 641 мың сўм,
  • Республикалық патологиялық анатомия бюросы 9 хызметкерине 66 миллион 502 мың сўм,
  • Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының Қарақалпақстан Республикасы филиалының 189 хызметкерине 162 миллион 904 мың сўм,
  • Қарақалпақстан Республикасы Ден-саўлықты сақлаў министрлиги Республикалық қан қуйыў станциясы 80 хызметкерине 90 миллион 44 мың 165 сўм жумыс бериўшилер тәрепинен қайта есаплап төлеп берилди.

2023-жыл басынан усы күнге шекем Өзбекстан Ден-саўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Республикалық кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша мийнет техник инспекторы П.З.Абдиязов көрсетпелери тийкарында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў тараўындағы жәми 1214 хызметкердиң мәпин гөзлеп оларға төленбей келген 1 миллиард 168 миллион 290 мың сўм жумыс бериўшилер тәрепинен қайта есаплап төлеп берилди.