Конституциялық реформалардың мазмуны ҳәм әҳмийети

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесинде өзгерислер ҳәм қосымшалар менен жаңаланған Өзбекстан Республикасы Конституциясы бойынша 2023-жыл 30-апрель күни болып өтетуғын улыўма халықлық референдумы, сондай-ақ әмелге асырылып атырған Конституциялық реформалардың мазмуны ҳәм әҳмийетин түсиндириўге бағышланған иләж өткерилди.

Иләжға Қарақалпақстан Кеңеси, тараўлық кеңеслер, басланғаш кәсиплик аўқамлары белсендилери қатнасты.

Қатнасыўшыларға Конституцияға киритилген өзгерислер ҳаққында түсиндириў жумыслары алып барылып, мийнеткешлерди 2023-жыл 30-апрель күни болып өтетуғын референдумға белсенди қатнасыўға шақырды.