Наўайы ҳәм Бабур мийрасы – теңсиз ғазийне

«Нөкис халықаралық аеропорты» ЖШЖде уллы ойшыл Алишер Наўайы туўылғанлығының 582 жыллығы хәмде шайыр ҳәм мәмлекетлик ғайраткер Заҳириддин Мухаммад Бабур туўылғанына 540 жыл толыўы мүнәсибети менен мәдений илаж болып өтти. Өткерилген илаж Нөкис қаласындағы Президент билимлендириў мәкемелери агентлигине қараслы И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеп муғәллимлери ҳәм оқыўшылары менен биргеликте шөлкемлестирилди. Илажды аэропорт кәсиплик аўқамлары кеңеси баслығы Р.Х.Алланиязов ашып берди. Соң дөретиўшилик мектеп ўәкиллери сөзге шығып уллы ойшыл ҳәм сәркарданың өмири ҳәм дөретиўшилиги ҳаққында өз пикирлерин билдирип өтти. Бул тулғалардың өмир жолы ҳәм дөретиўшилиги бойынша таярланған сахналық көринислер, мектеп оқыўшыларының Наўайы ғәззеллеринен тәсирли оқып бериўлери ҳәм басқа да концерт бағдарламалары, шығыўлар менен илаж даўам еттирилди. Өткерилген илаж ҳәр тәреплеме қатнасыўшыларға ҳәм тамашагөйлерде үлкен қызығыўшылық оятты. Илаж соңында аэропорт ҳәкимшилиги менен дөретиўшилик мектеп ўәкиллерине естелик саўғалар берилип, миннетдарлық билдирилди.

Илаждың мәдений бөлими жуўмақланғанан соң И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеп устазлары ҳәм оқыўшылары ушын Нөкис халық аралық аеропорты аймағына саяхат шөлкемлестирилди. Бул ушырасыў оқыўшы жасларда үлкен тәсир қалдырды.