Жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавр тәлим бағдарының студентлери арасында “Жаңа Өзбекстанды өзимиз, өз қолларымыз бенен қурамыз!” сүрени астында республикалық эсселер таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып ѳтти.
Қарақалпақстан Республикасындағы 10 ЖООда таңлаўдың факультет ҳәмде ЖОО басқышлары ѳткерилип, 6 мыңнан аслам студент жаслар қатнасты. Студентлер ѳткен басқышларда “Биз келешек қурыўшыларымыз!” ҳәмде “Жаңа Өзбекстан – жаңа мақсетле” атамаларында эсселер жазды.
Таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышында болса 10 ЖООнан 30 студентлер “Жаңа Өзбекстан мениң кѳз қарасымда” атамасында эссе жазыў арқалы оқыўшылар дѳретиўшилик қәбилиетлерин сынаўдан ѳткерди.
Таңлаў процессин Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси жуўапкерлери бақлап барды.
Танлаў даўам етпекте…
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: