«11-ноябрь Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни» мүнәсебети менен Жаңа Өзбекстан – Жаңа кәсиплик аўқамлары” ураны астанда Өзбекистан транспорт жол ҳәм капитал қурылыс, қурылыс индустриясы хызметкерлери Қаракалпақстан Республикасы бөлимшеси дизиминдеги басланғыш кәсиплик аўқамы шөлкеми баслықлары менен ушрасыў өткерилди.
Илажға Өзбекстан Транспорт, жол ҳәм капитал қурылыс, қурылыс индустриясы хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кенесиниң бас юристи Л. Нишанова ҳәм Өзбекстан транспорт, жол ҳәм капитал қурылыс, қурылыс индустриясы хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси бөлимшеси баслығы Г.Палўаниязова қатнасып бәршени байрам менен қызғын қутлықлады.
Өзбекстан Республикасының 2020-жыл 23-ноябрьдеги “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнин белгилеў ҳаққында”ғи 648-санлы Нызамына муўапық, “11-ноябрь Өзбекстан кәсиплик аўқамлари” күни ретинде рәсмий белгилениўи ҳаққында сөйлеп, байрам менен барлық хызметкерлерди қызғын қутлықлады. Соның менен бирге, ҳәзирги күнде ел басшымыз тәрепинен мәмлекетимизде жаратып берилип атырған шараятларға тоқталып өтти. Илаж даўамында кәсиплик аўқамлары искерлиги ҳәм де өндириске тийисли әмелге асырылып атырған реформалар бойынша да сөз журитилди.
Сондай ақ тараў дизиминдеги кәрхана ҳәм шөлкемлерде жемисли мийнет етип атырған бир қатар кәсиплик аўқамы белсендилери байрам мүнәсебети менен ҳүрмет жарлығы ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.






Spelling error report
The following text will be sent to our editors: