Усы жылдың 7-март күни «Қоңырат сода заводы» ЖШЖ қоспа кәрханасы мийнет жәмәәтиниң жәмәәтлик шәртнамасы ҳәм оның қосымшаларының 2021-жылы орынланыўы бойынша конференция болып өтти. Конференцияда 2021-жылда жәмәәтлик шәртнама оның қосымшаларының орынланыўы бойынша кәрхананың бас инженери Б.Хожамбергенов, кәсиплик аўқамы комитети баслығы Б.Аллаяров ҳәмде тексериў комиссиясы баслығы П.Бердимуратовтың есабатлары тыңланды. Баянатта кәрхананың ислеп шығарыў, экономикалық, социаллық салалары толық қамрап алынды.
Конференцияда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.Жалменов сөзге шығып мәмлекетимизде кәсиплик аўқамлары тәрепинен алып барылып атырған жумыслар ҳәм келеси режелер ҳаққында баянат қылды.
Конференцияда кәрхана бас инженери Б.Хожамбергенов ҳәмде кәсиплик аўқамы комитети баслығы Б.Аллаяров ислеўшилерди қызықтырған сораўларға жуўап берди.
Делегатлар 2021-жылда жәмәәтлик шәртнамасы ҳәм оның қосымшаларының орынланыўы қанаатландырарлы деп таўылды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: