Пийшемби – Жаслар күни шеңберинде Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшеси Нөкис қаласындағы 40-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде мийнет қылып атырған тәрбияшылар қатнасында волонтёрлық акциясы шөлкемлестирилди.
Акция шеңберинде усы шөлкемде 35 жылдан артық мийнет искерлигин алып барған, ҳүрметли мийнет ветераны, ҳәзирга ўақытта жалғыз жасап атырған Юсупова Меҳрибан үйинен хабар алынды. Сапар даўамында волонтёрлар тәрепинен үйде тазалаў ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды. Соның менен бирге, кәсиплик аўқамлары тәрепинен меҳрибанлық ҳәм итибар белгиси сыпатында М.Юсуповаға азық-аўқат өнимлери тапсырылды.
Сондай-ақ, волонтёрлар мектепке шекемги билимлендириў шөлкем әтирапында абаданластырыў жумысларын алып барып, аймақты және де абат көриниске келтириў жумысларына өз үлеслерин қосты.
Белсендилик көрсеткен кеўиллилер ҳүрмет жарлықлар менен хошаметленди.
Бундай иләжлар жаслардың социаллық белсендилигин асырыў, жасы үлкен әўлад ўәкиллерине ҳүрмет-итибар көрсетиў, меҳир-ақыбет ҳәм аўызбиршилик орталығын және де беккемлеўге хызмет етди.







Spelling error report
The following text will be sent to our editors: