Усы жылдың 1-3-май күнлери Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелери ҳәм жәмиетлик хызмет хызмет хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан кеңеси қурамындағы кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелерде жумыс алып барып атырған хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын Жиззақ ўәлаятының Зомин районы ҳәм Самарқанд ўәлаятының Паяриқ районындағы Имам Бухарий комплексине саяхат шөлкемлестирилди.
Саяхат даўамында саяхатшылар Замин қорықханасы, аспа көпир ҳәм Зоминниң басқа да сулыў орынларына барды. Сондай-ақ, саяхаттың екинши күнинде жаңадан қурылған Имам Бухарий комплексине саяхат етти. Саяхатшылар еки күнлик саяхаттан кеўли толып, саяхатты шөлкемлестириўшилерге өз миннетдаршылығын билдирди.





Spelling error report
The following text will be sent to our editors: