“Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы кубоги” спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди

2026-жыл 24-апрель күни Нөкис қаласы 1-санлы спорт мектебинде “Бес баслама олимпиадасы” шеңберинде денсаўлықты сақлаў министрлиги системасындағы хызметкерлер арасында “Саламат денеде – сапалы медицина” сүрени астында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы кубоги спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы ПФ-60-санлы Пәрманы менен тастыйықланған «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясы» 67-мақсетинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў, дене тәрбия ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўшылар санын асырыў, денсаўлықты сақлаў шөлкемлери хызметкерлерин спорт илажларына кең қамтыў, олар арасында жарыслар шөлкемлестириў, хызметкерлердиң физикалық белсендилигин асырыў мақсетинде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги ҳәмде Өзбекстан жаслар ислер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармас тәрепинен тастыйықланған қоспа қарарға тийкар “Саламат денеде – сапалы медицина” сүрени астында Кәсиплик аўқам кубоги спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.

Спорт жарыслары Нөкис қаласы 1-санлы спорт мектеби, Қарақалпақстан медицина институты, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәмде Жаслар орайында шөлкемлестирилди.

Илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы баслығы орынбасары, Қарақалпақстан Кеңеси баслығы У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри орынбасары Т.Сарбаев, Қарақалпақстан Республикасы Спорт министри Е.Қутыбаев, Ден-саўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикалық кеңеси баслығы Л.Байбосынова, Өзбекстан жаслар ислер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ўәкиллери, тараўлық кәсиплик аўқамлары Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслықлары, жуўаплы шөлкемлестириўшилери ҳәмде тийисли шөлкемлер ўәкиллери қатнасты. Жарыстың өткен басқышларында 2 мың 174 денсаўлықты сақлаў хызметкерлердиң қатнасы тәмийинленип, Қарақалпақстан Республикасы басқышында жеңимпаз болған командалардан 493 хызметкерлер спорттың ғалабалық түрлери мини-футбол, шахмат, шашка, стол тенниси ҳәмде волейбол түрлери бойынша өз-ара күш сынасты.

Күн даўамында спорт жарыслары қызғын өтип ҳәм тәжирийбели төрешилер тәрепинен ҳәр бир спорт түринен жеңимпазлар ҳәм улыўма командалық есапта утып шыққан жеңимпазларды анықлады.

Улыўма командалық есапта биринши орынды ийелеп жеңимпаз болған командаға “Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы кубоги” ҳәмде
30 миллион сум пул сыйлығы тапсырылды.

Сондай-ақ, жеңимпаз болған командаларға ҳәмде түрли номинация ийелерине Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен диплом ҳәм саўғалар тапсырылды.