2026-жыл 13-апрель күни «Саламат денеде – сапалы медицина» сүрени астында медицина хызметкерлери ортасында спорттыӊ киши-футбол, волейбол, стол тенниси, шахмат ҳәм шашка түрлеринен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы кубоги жарыслары өткерилди.
Спорт жарысларыныӊ ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри орынбасары Б.Алимбетов, Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамыныӊ Қарақалпақстан Республикасы кеӊеси баслығы Л.Байбосыновалар қатнасты.
Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы кубоги жарысларында 230 артық хызметкерлер қатнасты.
Спорт жарысларыныӊ жеӊимпазлар Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң биргеликтеги тийисли дәрежедеги дипломлары, кеӊес тәрепинен таярланған баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.







Spelling error report
The following text will be sent to our editors: