Наўрыз байрамы мүнәсибети менен усы жылдың 18-март күни Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелери ҳәм жәмиетлик хызмет хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңеси қурамындағы басланғыш кәсиплик аўқам шөлкемлеринде ислеўши хызметкерлери арасында спорттың шахмат түри бойынша жарыс өткерилди.
Қатнасыўшылар өзлериниң спортқа болған қызығыўшылығын, шеберлигин көрсетти.
Өткерилген жарыс жеңимпазларына Өзбекстан мәмлекетлик мәкемелери ҳәм жәмиетлик хызмет хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы Д.Қутлымуратова тәрепинен ҳүрмет жарлықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.






Spelling error report
The following text will be sent to our editors: