8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн ҳәм Бас Нызамымыздың 33 жыллығына бағышлап орынларда саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлайтуғын ғалабалық спорт илажларына айрықша итибар қаратылмақта.
Мине усындай илажлардан бири Нөкис қаласында болып өтти. Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлимшесиниң басламасы менен усы жылдың 5-6-декабрь күнлери Нөкис қаласындағы 32-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң спорт базасында спорттың Шахмат, Шашка, Стол тенниси, Дартс түрлеринен спорт жарысы шөлкемлестирилди.
Бул жарыста қалалық бөлимше қурамындағы билимлендириў шөлкемлеринде мийнет етип атырған хызметкерлер өз-ара күш сынасты.
Қызғын бәсеки ҳәм өз-ара маўасасыз гүреслер астында өткен беллесиўлер хызметкерлердиң спортқа болған қызығыўшылығын және де арттырып, олардың жеңиске болған умтылысы ҳәм жәмәәтлик руўхын беккемледи. Барлық қатнасыўшылар өзлериниӊ жеңиси ушын жуўапкершилик пенен ҳәрекет етти.
Жарыс жуўмағында жеңимпаз болған қатнасыўшылар Өзбекстан билимлендириў ҳәм илим хызметкерлери кәсиплик аўқамы Нөкис қалалық бөлиминиң кеңеси тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Бул илаж тек ғана байрам саўғасы емес, ал хызметкерлердиң саламатлығын беккемлеў жолындағы әҳмийетли қәдем болды.







Spelling error report
The following text will be sent to our editors: