Кәсиплик аўқамларының әмелий тәжирийбелери додаланды

Бүгинги күнде хызметкерлердиң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўда кәсиплик аўқамлары әҳмийетли социаллық институт сыпатында жумыс алып бармақта. Әсиресе, жәмәәтлик шәртнамаларының әмелий турмыстағы орны ҳәм нәтийжелилиги артып атырғаны әйне ҳақыйқат.

Усы мақсетте, Самарқант мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында «Кәсиплик аўқамының жумысында жәмәәтлик шәртнамалардың орны, мийнетти қорғаў ҳәм қәўипсизлик мәселелери» атамасында оқыў семинары болып өтти.

Илажды Өзбекстан Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық кеңесиниң Қарақалпақстан Республикасы бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшиси Е.Сейтназаров ашып берди. Онда, Өзбекстан Агросанаат комплекси хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика кеңеси баслығы орынбасары Ш.Жавлонов, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң шөлкемлестириў жумыслары бөлими меңгериўшиси Г.Илмурадова, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң мийнеткешлердиң социал-економикалық мәплерин қорғаў бөлими меңгериўшиси П.Торемуратов, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң техник инспекторы Б.Утепбергенов, Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалының жаслар мәселелери бойынша директор орынбасары Х.Абдижалийев ҳәм район (қала) кеңеси баслықлары менен биргеликте жаңадан сайланған басланғыш кәсиплик аўқам комитети баслықларыда қатнасты.

Семинарда кәсиплик аўқамларының жумысын шөлкемлестириў, хызметкерлерди социаллық-экономикалық қоллап-қуўатлаў ҳәм мийнетти қорғаў бойынша әҳмийетли мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, филиал басланғыш кәсиплик аўқамының баслығы Г.Казахбаева өз тәжирийбеси менен ортақласып, ҳүжжетлерин көрсетти. Илаж қатнасыўшылар ушын пайдалы ҳәм әмелий жақтан нәтийжели болды.