Президентимиздиң басламасы менен мǝмлекетимизде ишки туризмди раўажландырыўға қаратылып атырған оғада үлкен итибардың нǝтийжесинде пуқаралар ўатанымыздың тарийхый, мǝдений ҳǝм дыққатқа сазаўар орынлары менен жақыннан танысыў мүмкиншилигине ийе болмақта. Итибарлы тǝрепи сонда, соңғы жыллары ишки туризмниң жөнелислери көбейип, саяхатқа шығыўшы жерлеслеримиздиң саны да артып бармақта.
Атап айтқанда, усы күнге шекем «Өзбекстан бойлап саяхат ет!» ишки туризмди раўажландырыў дәстури шеңберинде ислеўши хызметкерлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериўге мақсетинде кәсиплик аўқамлары тәрепинен өз аймақларындағы дыққатқа ылайықлы жерлерге 7799 ҳәм тарыйхый қалаларға 7279, жәми 15078 хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының саяхатлары шөлкемлестирилди.
Соның менен бирге, жақында ғана өз жумысын баслаған Тахтакөпир районы Бөрши таў етегинде жайласқан «Қаратерең» этно-туристлик комплексине де бир қатар ислеўши хызметкерлердиң саяхаты шөлкемлестирилип, көлдиң тǝбиятынан ҳǝм даланың ҳаўасынан сондай-ақ, комплексте жаратылған барлық шараятлар менен жақыннан танысып кеўилли дем алды.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: