Қутлықлаў

Сизди бүгинги туўылған күниӊиз бенен шын жүректен қутлықлаймыз!
Сиз ҳақыйқаттанда өз билимиӊиз, турмыстан алған тәжирийбеӊиз арқасында ҳәм қәбилетли басшы сыпатында мәмлекетимиздиӊ социаллық-экономикалық раўажланыўына салмақлы үлес қосып киятырған, келешектеги үлкен жобаларыӊыз бенен ел ҳүрметине ылайық болған, абыройлы, Ўатанымыздыӊ раўажланыўына, халқымыздыӊ абадан турмысы ушын садық хызмет етип атырған пазыйлетли инсансыз.
Сизди қутлықлай отырып, Сизге узақ өмир, беккем ден саўлық, халқымыз ушын атқарып атырған ийгиликли ислериӊизде табыслар, жаӊа басламалар ҳәм шаӊарағыӊызга аманлық-есенлик тилеймиз!

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясыныӊ
Қарақалпақстан Кеӊеси жәмәәти