Спартакиада жарыслары өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы кеңесиниң қоспа қарары тийкарында 2024-жылдың 28-сентябрь күни Нөкис қаласында жайласқан  1-санлы спорт мектебинде медицина мәкемелери  хызметкерлери арасында спорттың  киши футбол, шашка, шахмат, стол тенниси түрлери  бойынша спартакиада жарысының Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.

Спартакиада жарысының Қарақалпақстан Республикасы басқышында медицина  мәкемелеринен 18 команда қурамында 245 дан аслам хызметкерлер  қатнасты.

Жарыс жуўмағында спорттың киши футбол түринен 1-орынды Шымбай районлық медицина бирлеспеси, II-орынды Тахтакөпир районлық медицина бирлеспеси, III-орынды Кегейли районлық медицина бирлеспеси командалары ийеледи.

Сондай-ақ, спорттың стол тенниси түри бойынша ҳаял-қызлар арасында I орынды Нөкис қалалық медицина бирлеспеси кадрлар бөлими қанигеси Л.Алиева, II орынды Төрткул районлық медицина бирлеспеси шыпакери Ф.Матякупова, III орынды Қанлыкөл районлық медицина бирлеспеси лаборанткасы А.Төребаева, спорттың стол тенниси бойынша ерлер арасында I орынды Әмиўдәрья районлық медицина бирлеспеси есапшысы А.Юлдашев, II орынды Төрткул районлық медицина бирлеспеси шыпакери А.Ходжаниязов, III орынды Мойнақ районлық медицина бирлеспеси шыпакери С.Эщанов, спорттың шахмат түри бойынша ҳаял-қызлар арасында I орынды Әмиўдәрья районлық медицина бирлеспеси мийирбийкеси М.Даўлетбаева, II орынды Шымбай районлық медицина бирлеспеси мийирбийкеси Р.Султашова, III орынды Кегейли районлық медицина бирлеспеси мийирбийкеси Г.Қәдиримбетова, спорттың шахмат түри бойынша ерлер арасында I орынды Әмиўдәрья районлық медицина бирлеспеси шыпакери Ж.Еримбетов,  II орынды Елликқала районлық медицина бирлеспеси бас шыпакери Х.Дурдиев, III орынды ҚР денсаўлықты сақлаў министрлиги қәнигеси М.Ескабулов, спорттың шашка түри бойынша ҳаял-қызлар арасында I орынды Қанлыкөл районлық медицина бирлеспеси мийирбийкеси Н.Узақбаева, II орынды Тахтакөпир районлық медицина бирлеспеси шаңарақлық поликлиникасы әмелиятшысы М. Абдиреймова, III орынды Кегейли районлық медицина бирлеспеси мийирбийкеси Г.Ажимуратова, спорттың шашка түри бойынша ерлер арасында I орынды Төрткул районлық медицина бирлеспеси фельдшери Х.Розимбетов, II орынды Нөкис районлық медицина бирлеспеси статисти О.Утениязов, III орынды Тахтакөпир районлық медицина бирлеспеси қараўыл Н.Төрениязовлар ийеледи

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги менен Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң  биргеликтеги тийисли дәрежедеги дипломлары, медальлары  ҳәм де баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.

Кубок жарысының ҳәр бир спорт түри бойынша жеңимпазлары усы жылдың октябрь айында Ташкент қаласында өткерилетуғын финал басқышында қатнасыў  жолламасын қол киритти.