2024-жыл 29-март күни Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында “Жасыл мәкан” жойбарын әмелге асырыўға арналған видеоселектор жыйналысы болып өтти. Жойбар шеңберинде усы жылдың бәҳәринде 125 миллион түпге жақын нәл егиў жобаластырылған болып буған байланыслы Балалардың дем алыўын ҳәм саўалландырыўын шөлкемлестириў департаменти жанындағы Қарақалпақстанда искерлик жүргизип атырған дем алыў орайларында мәўсим алды таярлық жумыслары ҳәм бәҳәрги нәл егиў, абаданластырыў жумыслары кең көлемде алып барылмақта. Бир ғана «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде жақында ғана өткерилген илажларында барлық дем алыў орайларр жаңа нәлшелер егилип, ҳәмме тереклерге форма берилди. Атап айтқанда, “Ақ кеме” дем алыў орайында 470 дана, “Арал балалары” да 120, “Оқ кабутар” да болса 151 ден, “Айдын жол”да 150 дана, соның менен бирге, “Туран” ҳәм “Арал” дем алыў орайларының ҳәр бирине 190 нан ҳәм 60 тан зыят мийүели, декаратив нәллер қадалып, түрли жағымлы ийс таратыўшы гүллер егилди ҳәм де айлана, салмалар тазаланып, жаңаша көриниске кирди. Усы басламада дем алыў орайы хызметкерлериниң мийнети айрықша болып, абаданластырыў жумыслары бирликте өткени себепли аймақ әтирапы гөззаллыққа бөленди.
Абатлық көңилден басланғаны сыяқлы “Ақ кеме” дем алыў орйындағы абаданластырыў жумысларынан кейинги көринис тек ғана көзди қуўантады, кеўлиңде қуўаныш оятады, -дейди өз сөзинде жәрдемшилерден бири.
Соның менен бирге, аймақлық департамент тәрепинен әмелдеги дем алыў орайларында 2024 жыл жаз мәўсимине таярлық жумысларын үйрениў бойынша исши топар қәлиплестирилгени жумыс онимдарлығының және де асыўына хызмет етеди.
Spelling error report
The following text will be sent to our editors: